Test mode

ⱩӘỲИПЛИ ТОПАРЛАР УШЫН УСЫНЫСЛАР

ⱩӘỲИПЛИ ТОПАРЛАР УШЫН УСЫНЫСЛАР

 

 1-таянш топары

 1-таянш топары көрсеткишлери:

 1)      Психикалық ҳəм физикалық раўажланыўда нуқсаны болмаған,

 2)      дене салмақ индекси 18, 6 дан 24, 9 ға шекем болған,

 3)      туўри аўқатланыў қағыйдаларына əмел ететуғын (күнине 400 гр. ҳəм оданда көп мийўе ҳəм палыз егинлерилерди қабыл  ететуғын, қурамында май, дуз ҳəм қумшекер муғдары көп болған азық-аўқат өнимлерин шекленген),

 4)      физикалық актив (ҳəптесине 75 минуттан аз болмаған ҳəрекетлер яки жумысқа байланыс актив болған),

 5)      зиянлы əдетлер (темеки ҳəм алкоголъ өнимлери) ге берилмеген,

 6 )     созылмалы кеселликлерге нəсиллик бейимлиги жоқ шахслар.

 

 1-таянш топары - саламат халық ушын усыныслар

 

  1. Саламат аўқатланыў қағыйдаларына əмел етиң :

 

-күн даўамында бөлип- бөлип 4-5 мəрте аўқатланың ;

-кеминде 400 гр мийўе ҳəм палыз егинлерилер, көк шөп усыныс етиң ;

-қурамында май, қант ҳəм дуз муғдары көп болған өнимлерди шеклең;

-кешки аўқатты 19. 00 ден кешиктирмең.

 

  1. физикалық актив болың :

 

 - 10 -15 минутлық танғы дене-тəрбия, күн даўамында кеминде 30 минут физикалық шынығыўлар, кешки сейил, мүмкиншилиги барынша спорттың қандайда бир түри менен шуғылланың.

 

  1. Темеки шегиў ҳəм спиртли ишимликлерди қабыл етиўден узақта болың.

 

- Зыянлы əдетлер саламатлыққа зиян жеткереди ҳəм өмирди қысқартиради.

 

  1. Жеке гигиенаға қағыйдаларына əмел етиң:

-        қоллариңызды аўқатдан алдын ҳəм кейин, көшеден уйге киргенде ҳəм ҳəжеттен кейин əлбетте сабынлап жуўың;

-        кунине бир мəрте душ қабыл етиң.

 

  1. Кеште кеминде 7 - 8 саат уйқлаң.
  2. Шаңарақ ҳəм үй гигиенасына əмел етиң.
  3. Жылына бир мəрте аймақлық шаңарақ поликлиникаға барып шаңарақ шыпакер көригинде болың.
  4. Мақсетли скрининг тексерилиўлерине қатнасың.

 

2-төмен қəўип топары

 2-төмен топары көрсеткишлери:

 1)      Психик ҳəм физикалық раўажланыўда нуқсаны болмаған,

 2)      дене салмақ индекси 18, 5 ке шекем ҳəм де - 25-29, 9 ға шекем,

 3)      туўри аўқатланыў қағыйдаларына əмел етпейтуғын (күнине 400 грнан кем мийўе ҳəм палыз егинлерилерди қабыл  ететуғын, қурамында май, дуз ҳəм қумшекер муғдары көп болған азық- аўқат өнимлери қабыл етилиўи шегараланбаған),

 4)      физикалық актив емес (ҳəптесине 75 минутанда кем ҳəрекетлер),

 5)      зиянлы əдетлерге берилген,

 6 )     созылмалы кеселликлерге нəсиллик бейимлиги бар шахслар.

 

 2-төмен қəўип топарына тийисли халық ушын усыныслар

 

  1. Саламат аўқатланыў қағыйдаларына əмел етиң:

-        -күн даўамында бөлип- бөлип 4-5 мəрте аўқатланың ;

 

-        кеминде 400 гр (5 бөлек) мийўе ҳəм палыз егинлерилер (1 бөлек - 80 грамм, 1 муш үлкенлигинде), көк шөп қабыл етиң;

-        кешки аўқатты 19. 00 ден кешиктирмең.

-        майлы гөш, қурамында тоң май ҳəм трансмайлар (мысалы, маргарин) болған азық - аўқат өнимлерин шеклең;

-        қурамында ас дузы көп болған өнимлер ҳəм дузланған затларды шеклең;

-        тез тайын болатуғын аўқатлар ҳəм газлы дəмли ишимликлер қабыл  етиўди шеклең;

-        ширинликлер, қант-қумшекер қосылған азық- аўқат өнимлерин қабыл етиў нормасына əмел қылың.

 

  1. физикалық актив болың :

-        10 -15 минутлық азанғы дене-тəрбия менен шуғылланың ;

-        кун даўамында 45 минут физикалық шынығыўларды орынлаң;

-        журиўди 1000 қəдемнен баслаң, күнине 10 қəдемнен қосып барың ;

-        өзиңизге жақын жолдас пенен кеминде 30 минут кешки сейил етиң.

 

 

 

 

  1. Шаңарақ шыпакери тəрепинен индивидуал мəслаҳəтлар :

-        дене салмағыңызды мудами қадағалаң ;

-        кун режимин (нормал 7-8 саатлық уйқы, ўақтында аўқатланыў ҳəм де, дем алыў тəртиби) туўры шөлкемлестириң;

-        ашыўланыў (стресслерден) сақланың ;

-        темеки шегиўди ҳəм спиртли ишимликлерди қабыл  етиўден  ўаз кешиң;

-        жылына еки мəрте шаңарақ шыпакер көриги ҳəм қадағалаўында болың.

 

 3-орта қəўип топары

 3-орта қəўип топары көрсеткишлери:

 

 1)      Психикалық ҳəм физикалық раўажланыўда нуқсаны болған,

 2)      дена салмағы индекси 30, 0 ден 39, 5 ке шекем,

 3)      туўри аўқатланыў қағыйдаларына əмел етпейтуғын (күнине 400 граммдан кем мийўе ҳəм палыз егинлерилерди қабыл  ететуғын, қурамында май, дуз ҳəм қумшекер муғдары көп болған азық-аўқат өнимлерин қабыл  етиў шегараланбаған ),

 4)      . физикалық актив емес (ҳəптесине 75 минутдан аз ҳəрекетлер),

 5)      зыянлы əдетлерге берилген,

 6 )     өкир респиратор кеселликлер мене тез-тез кеселленетуғын,

 7)      созылмалы кеселликлердиң компенсация дəўириндеги наўқаслар.

 

 3-орта қəўип топарына тийисли халық ушын усыныслар

 

  1. Шаңарақ шыпакер тəрепинен индивидуал мəслаҳəтлар :

 

-        кун даўамында ҳəр 2 саатдан кем-кемнен диеталық (пуўда, кайнатип ҳəм димлеп писирилген тағамлар ) аўқатланың ;

-        кеминде 400 гр мийўе ҳəм палыз егинлерилерден қабыл етиң ;

-        майлы гөш, қурамында тойынған майлар ҳəм трансмайлар (маргарин) болған азық - аўқат өнимлерин шеклең;

-        қурамында ас дузы көп болған өнимлер ҳəм дузламаларди тағамнамаға киритпең;

-        тез тайын болатуғын аўқатлар ҳəм газли дəмли ишимликлер қабыл  етиўди шеклең;

-        ширинликлар, қант-қумшекер қосылған азық-аўқат өнимлерин қабыл  етиў нормасына əмел етиң.

 

 4-жоқары қəўип топары

 4-жоқары қəўип топары көрсеткишлери:

 

 1)      Системалы диспансер қадағалаўына мүтəж, созылмалы кеселликтиң тəсирлери анықланғанлар,

 2)      қəнийгелестирилген ҳəм жоқары технологиялық медициналық жəрдем көрсетиўди талап ететуғын,

 3)      созылмалы кеселликке шалынған жəне оның декомпенсация дəўиринде