ҚАНТЛЫ ДИАБЕТ 2-ТИПИ

- Қантлы диабет бул қанда қант муғдарының турақлы жоқары болыўы менен кешетуғын кеселлик болып табылады. 2021 жыл жағдайына көре дүня бойлап 537 миллион халық қантлы диабет пенен кеселленген. Қантлы диабеттиң тийкарынан 2 типи парық етеди: қантлы диабет 1-типи ҳəм қантлы диабет 2-типи. Қантлы диабет 1-типи аутоиммун кеселлик болып, салыстырғанда кем ушрайтуғын кеселлик тури болып табылады.
- 2023 жылға келип Өзбекстанда қантлы диабет кеселлиги менен дизимге алынған адамлар саны 377 115 наўқасты қурады. Олардан 357 066 адам бул қантлы диабет 2-типи аўырыў тури болып табылады.
- Қантлы диабет 2-типи раўажланыўының себеби семизлик болып, ол ҳəзирде дүня бойлап жүдə кең тарқалған. Қантлы диабет 2-типи жуқпалы болмаған кеселликлер қатарына кирип, ол майыплық ҳəм ўақтынан бурын өлимге себеп болыўы мүмкин.
- Қантлы диабет 2-типи асте ақырынлық пенен раўажланып, көбинесе кеш анықланады. Бул кеселликтиң тийкарғы белгилери:
- - аўыз қурғаўы,
- - шөллеў,
- - тез-тез киши дəретке шығыў,
- - тез шаршаў.
- Кеселликти ерте дəўирлеринде көпшилик бул белгилерге итибар бермейди ҳəм шыпакерге кеш мурəжат етеди. Кеселлик диагнозы қойылғанында, наўқасда белгилер раўажланып болған болады.
- Қантлы диабет тəсирлери:
- журек-қан тамыр кеселликлери раўажланыўы (қан басымы асыўы, инфаркт, инсулътлар)
- - диабет нефропатияси - бүйреклер искерлигин төменлеўи
- - диабет ретинопатияси - көз көриў қəбилетин төменлеўи
- - аяқларда жаралар болыўы, ампутация мүмкиншилиги
- Жүрек-қан тамыр кеселликлери раўажланыўы кейиншели инсанда стент яғный тамыр тарайип қалғанда оны кеңейтиў емлеў əмелиятына мүтəж болыўы мүмкин.
Қантлы диабет 2-типнде айрықша өзгешелиги бул - оны алдын алыў ҳəм жаңа анықланғанында ремиссияға түсириў мүмкиншилиги бар болып табылады. Ремиссия дегени кеселлик белгилери улыўма